Пән олимпиадалары ҳәм спорт жарыслары жеңимпазларына саяхат жолламалары бериледи
15.08.2026 60 views
Пән олимпиадалары ҳәм спорт жарыслары жеңимпазларына саяхат жолламалары бериледи
Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, билимлендириў ҳәм спорт бағдарларында өткерилетуғын олимпиада ҳәм жарыс жеңимпазларын «Өзбекстан бойлап саяхат» жолламасы арқалы хошаметлеў тәртиби тастыйықланды. Ҳүжжетке көре, республикалық басқыш жеңимпазларына 3 күнлик, аймақлық басқыш жеңимпазларына болса басқа ўәлаятларға 2 күнлик саяхат жолламалары усыныс етиледи.
Мағлыўмат ушын, жеңимпазлар илаждан 10 күн алдын хабардар етилиўи белгиленген болып, транспорт, жасаў, аўқатланыў, экскурсия ҳәм қамсызландырыў сыяқлы барлық қәрежетлер шөлкемлестириўшилер тәрепинен толық қаплап бериледи.
📍Информация бағдары @KarPressa
