Кириў имтиханларына қандай затларды алып кириўге болатуғыны мәлим етилди
13.07.2026 56 views
Абитуриентлердиң тест сынақларына тек ғана шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжет, рухсатнама, әпиўайы қол саат, оптикалық көзәйнек, жеке затларын (пул, бет орамал, гилт) ҳәм денсаўлық ушын зәрүр дәри-дәрмақларды алып келиўине руқсат етиледи.
Мағлыўмат ушын, телефон, шпаргалка, калькулятор сыяқлы электрон қурылмалар ҳәм басқа да буйымларды алып кириў қатаң қадаған етиледи. Сондай-ақ, ручка, ишимлик суўы ҳәм қағаз имтихан өткерилетуғын имараттың өзинде берилетуғыны себепли, оларды өзи менен алып келиўге рухсат етилмейди.
📍Информация бағдары @KarPressa
