Өзбекстан мектеплери ушын “Canva” платформасынан бийпул пайдаланыў имканияты жаратылды
13.07.2026 61 views
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги менен “Canva” компаниясы арасында 20 миллион долларлық грант шәртнамасы қол қойылды. Оған көре, елимиздеги 10 мыңнан аслам мектеп3 жыл даўамында бул билимлендириў платформасынан толық бийпул пайдаланыўы мүмкин.
Мағлыўмат ушын, бул келисим оқыўшы ҳәм муғаллимлергежасалма интеллект ҳәм таяр шаблонлар жәрдеминде заманагөй презентациялар жаратыў, сондай-ақ, санлы саўатлылықты арттырыўғахызмет етеди.
